🌸 Майская распродажа на Telega.in
С 12 по 18 мая — реклама во всех нишах со скидками до 70%!
В каталог
2.3

KRuz.uz |Рәсмий канал
Поделиться
В избранное
Канал временно
не принимает заявки
не принимает заявки
Выберите другой из рекомендаций или получите готовую корзину под ваш бюджет с помощью AI
Персональный AI-подбор
Последние посты канала
imageИзображение не доступно для предпросмотра
«Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» топламы Россияда басылып шықты
Мәлим етилиўинше, Москваның «Ладомир» илимий-баспахана орайында рус тилинде «Антология каракалпакской поэзии» («Қарақалпақ поэзиясының антологиясы») топламының II томы баспадан шықты.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

12300
13:32
03.05.2025
imageИзображение не доступно для предпросмотра
❗️Аманбай Орынбаев 4 район исбилерменлерин қабыллайды
2025-жыл 4-май күни, саат 10:00 де Беруний районы ҳәкимлигинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний, Тѳрткүл, Әмиўдарья ҳәм Елликқала районы исбилерменлерин қабыллайды.
Қабыллаўда оларды қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслар үйрениледи. Сондай-ақ, исбилерменлик тараўына тийисли машқалалар ҳәм усыныслар бойынша арнаўлы ШТАБтың 1088 қысқа номерине мүрәжат еткен исбилерменлер менен бирге олардың мәселелерине орнында шешимин табыў илажлары көриледи.
Басқа районларда исбилерменлерди қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи.

13000
10:51
03.05.2025
play_circleВидео недоступно для предпросмотра
Қарақалпақстаннан шыққан биринши юрист ҳаял ким?
Уллы жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов авторлығындағы «Қарақалпақ қызы» романының бас қаҳарманы — Жумагүл Сейитова 1905-жылы ҳәзирги Кегейли районында (Халқабад қаласында) туўылған. 1932-жылдан 1941-жылға шекем республиканың бир қатар мәмлекетлик шөлкемлеринде — суд, партия ҳәм кәсиплик аўқамы структураларында басшылық лаўазымларында ислеген. 1932-жылы Жумагүл Сейитова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы етип тайынланған биринши ҳаял судья болды.

12900
08:42
03.05.2025
imageИзображение не доступно для предпросмотра
Қытай жердиң айланыў тезлигин төменлетти
«NASA»ның хабар бериўинше, Қытай жердиң айланыў тезлигин төменлеткен ҳәм күнниң даўамлылығын узайтыўға ерискен. Буған Қытайдың ең ири бөгети — «Үш тарнаў» бөгетиниң қурылысы себеп болған.
«Үш тарнаў» бөгетинде онлаған миллиард тонна суў топланған, бул жер шары массасының бөлистирилиўине тәсир етеди. Сол себепли, жердиң айланыў тезлиги төменлеп, күнниң узынлығы 0,06 микросекундқа көбейген ҳәм планета көшери шама менен 2,5 сантиметрге жылысқан.

12200
07:13
03.05.2025
imageИзображение не доступно для предпросмотра
Абдуқодир Ҳусанов «Барселона»ға ижараға бериле ме? Футболшының агенти мүнәсибет билдирди
«Манчестер Сити» қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың агенти Ғайрат Ҳасбиуллин футболшының «Барселона»ға ижараға берилиўи мүмкинлиги ҳаққындағы хабарларға мүнәсибет билдирди.
«Маған «Барселона»дан ҳеш ким қоңыраў еткен жоқ. Бул гәплерден хабардар емеспен. Клуб президенти де мениң менен байланыспаған. Булардың барлығы тек ғана мыш-мыш», — деген Ҳасбиуллин.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
«Манчестер Сити» қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың агенти Ғайрат Ҳасбиуллин футболшының «Барселона»ға ижараға берилиўи мүмкинлиги ҳаққындағы хабарларға мүнәсибет билдирди.
«Маған «Барселона»дан ҳеш ким қоңыраў еткен жоқ. Бул гәплерден хабардар емеспен. Клуб президенти де мениң менен байланыспаған. Булардың барлығы тек ғана мыш-мыш», — деген Ҳасбиуллин.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11100
07:00
03.05.2025
play_circleВидео недоступно для предпросмотра
❗️ Айдаўшылық гуўалығына нәўбет ушын арнаўлы боты иске түсти
Мәлим етилиўинше, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Беруний районларында айдаўшылық гуўалығы ушын имтихан тапсыратуғын пуқаралар арнаўлы бот арқалы онлайн нәўбет алыўы мүмкин.
Арнаўлы бот: @test_nawbet_bot
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Мәлим етилиўинше, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Беруний районларында айдаўшылық гуўалығы ушын имтихан тапсыратуғын пуқаралар арнаўлы бот арқалы онлайн нәўбет алыўы мүмкин.
Арнаўлы бот: @test_nawbet_bot
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12600
05:36
03.05.2025
play_circleВидео недоступно для предпросмотра
Қарақалпақстанлы пуқаралар «права» имтиханын өзине жақын аймақта тапсырыўы мүмкин
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы инспекторы Турсынбай Өтемуратовтың мәлим етиўинше:
▪️ Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл, Шоманай районларында жасаўшы пуқаралар — Қоңырат районында;
▪️ Нөкис қаласы ҳәм Хожели, Тақыятас, Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында жасаўшы пуқаралар — Нөкис қаласында;
▪️ Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районларында жасаўшы пуқаралар — Беруний районында имтихан тапсырыўы мүмкин.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы инспекторы Турсынбай Өтемуратовтың мәлим етиўинше:
▪️ Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл, Шоманай районларында жасаўшы пуқаралар — Қоңырат районында;
▪️ Нөкис қаласы ҳәм Хожели, Тақыятас, Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында жасаўшы пуқаралар — Нөкис қаласында;
▪️ Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районларында жасаўшы пуқаралар — Беруний районында имтихан тапсырыўы мүмкин.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12900
17:04
02.05.2025
play_circleВидео недоступно для предпросмотра
📹 Усы халық аш болса аш, тоқ болса тоқпан - Қаллибек Камалов қарақалпақлар ҳәм өз мийнет жолы ҳаққында сөйледи
Усы жылы 100 жасты қарсы алған, Қарақалпақстанды 25 жыл басқарған, Қарақалпақстан Министрлер советиниң бурынғы баслығы (1963-1984-жыллары), «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң (2017-жыл) ийеси, мәмлекетлик искер Қаллибек Камалов өз мийнет жолы ҳаққында айтты.
Ол сөзиниң басында қарақалпақлардың қай жерден келгенин, басына түскен қыйыншылықларын, ҳәзирги қайсы ўәлаятларға көшкенин, не ушын майдаланып бөлинип кеткени бойынша көп әҳмийетли мағлыўматлар берди.
Соның менен бирге, өз өмир жолы, балалығы бойынша "жас ўақтымда анамның ерте қайтыс болыўы, халқымның аш-жалаңаш болыўы мениң тезирек ер жетиўиме, тезирек ақыл жыйнаўыма алып келди" - дейди ол өз сөзинде.
Қаллибек Камалов өз мийнет искерлиги, Қарақалпақлардың ийгилиги ушын исленген жемисли мийнет жолынан қысқа мағлыўматлар да айтып өтти.
Толық видео арқалы көплеген мағлыўматлар алыўыңыз мүмкин.

15000
16:46
02.05.2025
imageИзображение не доступно для предпросмотра
Қарақалпақстан ҳәм Хорезм аймағында «Қорған тур» маршруты жумыс баслайды
Қарақалпақстан ҳәм Хорезм аймағындағы 8 тарийхый қорғанды өз-ара байланыстырыўшы төрт күнлик «Қорған тур» маршруты ислеп шығылады. Бул қорғанлар әтирапында мастер-реже тийкарында хызмет көрсетиў объектлери иске қосылады.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қарақалпақстан ҳәм Хорезм аймағындағы 8 тарийхый қорғанды өз-ара байланыстырыўшы төрт күнлик «Қорған тур» маршруты ислеп шығылады. Бул қорғанлар әтирапында мастер-реже тийкарында хызмет көрсетиў объектлери иске қосылады.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11200
15:02
02.05.2025
imageИзображение не доступно для предпросмотра
Қарақалпақстаннан Хорезмге баратуғын жолдың жаманлығы себепли жылына 300-400 мың турист жоғалтылмақта
Жуўапкерлерге «Үргенш — Гүрлен — Маңғыт» жолын реконструкциялаў бойынша Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен сөйлесиў өткериў, 10 районды өз-ара байланыстыратуғын ишки жолларды оңлаў ушын Азия инфраструктура ҳәм инвестиция банкинен 75 миллион доллар қаржы тартыў тапсырылды.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Жуўапкерлерге «Үргенш — Гүрлен — Маңғыт» жолын реконструкциялаў бойынша Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен сөйлесиў өткериў, 10 районды өз-ара байланыстыратуғын ишки жолларды оңлаў ушын Азия инфраструктура ҳәм инвестиция банкинен 75 миллион доллар қаржы тартыў тапсырылды.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14500
13:51
02.05.2025
close
Новинки в тематике
Лучшие в тематике
Выбрано
0
каналов на сумму:0.00₽
Подписчики:
0
Просмотры:
lock_outline
Перейти в корзинуКупить за:0.00₽
Комментарий